Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Палестиналы қашқынларға жәрдем көрсетиў агентлиги (UNRWA)ниң Газа секторынан гуманитарлық операциясы энергия ресурслары жетиспеўшилиги себепли тоқтатылады. Бул ҳаққында UNRWA басшысы Филипп Лазарини мәлим етти.

«Еки миллионнан аслам инсанның турмысына байланыслы болған Газа секторына инсаныйлық жәрдем басқышпа-басқыш жуўмақланбақта, себеби 7-октябрьден берли Газа секторына жанылғы жеткерип берилмей атыр»,  деди Лазарини.

Атап өтилиўинше, агентлик үш ҳәпте алдын жанылғы резервлериниң тез таўсылыўы ҳәм оның жетиспеўшилиги ҳаққында ескерткен.

Лазарини, сондай-ақ, энергия ресурсларынан урыс қуралы сыпатында пайдаланыўды кескин қаралады.

Бурын, Газа Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас директоры Мунир ал-Габаш БМШтың Жақын Шығыс агентлиги ҳәм Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми анклавтан алып шығылатуғынын мәлим етти. Оған бола, БМШ агентликлери Израилге бойсынған ҳәм анклавты тәрк еткен.

Газа секторындағы қарама-қарсылық усы жылдың 7-октябрь күни басланды. Сол күни ерте таңнан ҲАМАС Израилге қарсы «Ал-Ақса суў тасқыны» деп аталған әскерий операция баслады ҳәм ҳаўадан соққылар берди. Мыңлаған жаўынгерлер еврейлер мәмлекетиниң аймағына бастырып кирип, онлаған әскерий техника ҳәм жүзден аслам инсанды гиреўге алды.

Буннан кейин Израилдиң Бас министри Бинямин Нетаньяху мәмлекет урыс жағдайында екенин мәлим етти. Мәмлекет қорғаныў күшлериниң жуўап операциясы «Темир қылышлар» деп аталды ҳәм оның мақсетлеринен бири ҲАМАСты жоқ етиў есапланады.

Алдынрақ, ҲАМАС сиясий бюросының ағзасы Усама Ҳамдан 7-октябрь, келиспеўшилик ҳәўиж алғаннан берли Израил Газа секторына 35 мың тонна жарылыўшы қуралды таслағанын мәлим еткен еди.

Сондай-ақ, ол АҚШ ҳәм жеке президенти Джо Байденди Газа секторындағы ғалабалық адам өлтириўде айыплады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги