Бүгин еки миллий командамыздың әҳмийетли ойынлары бар.

Өзбекстан өспиримлер командасы Индонезияда болып өтетуғын U-17 Жәҳән чемпионаты топар басқышы шеңбериндеги 3-ойынын өткереди.

Топардың шешиўши ойынында жерлеслеримизге Испания қарсылық көрсетеди. Испанлар алдыңғы еки ойында жеңиске ерисип, жетекшилик етпекте. Командамызда бир жеңилис, бир утыс бар.

Өспиримлеримиз кейинги басқышқа шығыўы ушын кеминде теңбе-тең нәтийжеге ерисиўи керек.

U-17 Жәҳән чемпионаты

Өзбекстан — Испания

16-ноябрь | 14:00

«Манаҳан» стадионы. Суракарта

Ушырасыўды ФИФАның plus.fifa.com рәсмий платформасы арқалы тамаша етиўиңиз мүмкин.

Күнниң екинши ойынында Өзбекстан командасы ЖЧ-2026 таңлап алыў басқышы шеңбериндеги ушырасыўды өткереди.

Сречко Катанец шәкиртлери Түркменстанда ойнайды.

ЖЧ-2026 таңлап алыў басқышы

Түркменстан — Өзбекстан

16-ноябрь | 19:00

«Ашхабад» стадионы

  

Қарақалпақстан хабар агентлиги