А.Гутерриштиң сөзлерине бола, ҳәзирги күнде халықаралық жәмийетшилик Аўғанстан менен байланыслы жағдайды шешиў ушын төмендеги илажларды көриўи зәрүр:
– Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкил тайынлаў ҳәм әмелдеги ҳүкимет пенен сиясий бирге ислесиў ушын «жол картасы»н ислеп шығыў;
– гуманитарлық жәрдем көрсетиўден Аўғанстан экономикасының раўажланыўын турақлы қоллап-қуўатлаўға өтиў;
– экономиканы тиклеў жолындағы тосқынлықларды сапластырыў ушын қарым-қатнас орнатыў;
– аўғанлараралық сөйлесиўлерди баслаў.
Итибарлы тәрепи, алдынырақ Өзбекстан Президенти Ш.Мирзиёев Аўғанстан ўақытша ҳүкимети менен өз-ара бирге ислесиў бойынша жалпы қатнасларды ислеп шығыўға шақырып, усы мәмлекет бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық сөйлесиўлер топарын дүзиўди усыныс еткен еди.
Усы көзқарастан, Гутерриштиң басламалары Өзбекстан позициясы менен үнлес болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги