Сречко Катанец басшылығындағы футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионаты ҳәм Азия кубоги -2027 жарысларының таңлап алыў басқышына қатнасыў ушын Ашхабад қаласына сапар етеди.
Ол жерде өзбекстанлы футболшылар Түркменстан сайланды командасы менен ойынға түседи.
Ойын 16-ноябрь күни «Ашхабад» стадионында Ташкент ўақты менен саат 19:00 да басланады.
Бул әҳмийетли ойынға қатнасыў ушын сайланды команда қурамына бир қанша легионерлер Ташкентке жетип келген.
Олар арасында Италияның «Кальяри» клубы ҳүжимшиси Элдор Шомуродов та бар.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы