Жас өспиримлер арасында футбол бойынша Индонезияда өткерилип атырған жәҳән чемпионатында 2-тур ойынлары болып өтти.

Онда «В» топарында жарысқа қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы канадалы футболшылар менен ушырасып, оларды 3:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ушырасыўдың 22-минутында Ричард Чукву өз дәрўазасына гол урып қойды. Ал, 27-87-минутларда Амирбек Саидов дублге ерисип, Өзбекстан сайланды командасына 3 упай алып берди.

Бул ойында қарақалпақстанлы жас футболшы Муҳаммедалий Реймов 89 минут ойнап, сайланды командамыздың жеңисине өзиниң салмақлы үлесин қосты.

Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Испания Мали сайланды командасын 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы