Төрткүл районында кураш бойынша “Прокурор кубоги” районлар аралық жарысы болып өтти.

Онда Төрткүл, Беруний, Елликқала , Әмиўдәрья  районлары 100 ден аслам 14-30 жас аралығындағы ер балалар, қызлар ҳәм ветран спортшылар 7 салмақ категориясында беллести.

Атап өтилгениндей, 2-сектордың басшылары тәрепинен уйымласпаған жаслар менен ислесиў, олардың бос ўақытларын  мазмунлы өткериў, оларды спортқа, саламат турмыс тәризине қызықтырыў бойынша түрли атамаларда илажлар өткерилмекте.

Жарыс жуўмағында жеңимпазларға медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Усы күни 2-сектор аймағындағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларындағы прокурор аталыққа алған жаслардың Үргениш қаласындағы музей ҳәм театрларға саяхаты шөлкемлестирилди.  Илаж соңында белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен гүлхан әтирапындағы концерт бағдарламасы жасларда айрықша тәсир қалдырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги