19-ноябрь күни Өзбекстанның 16 қаласында Өзбекстан Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн мүнәсибети менен «Жаңа нәпес» ғалаба жуўырыў жарысы болып өтеди.

Ғалабалық жуўырыў жарысы 15 қалада 3 км, пайтахтта болса 3 ҳәм 10 км аралықларға өткериледи.

Бағдарламаға муўапық, «Ҳумо арена» комплексиниң алдындағы майдан Ташкентте өтетуғын жарыстың старт ҳәм финиш ноқаты сыпатында белгиленди. Барлық аймақларда беллесиўлер 19-ноябрь күни саат 07:30 да старт бериледи.

Ташкент қаласындағы ғалабалық жуўырыў жарысында қатнасатуғын жуўырыў ҳәўескерлери ҳәм спортшылар ушын iTiсket.uz сайтында төлемли дизимнен өтиў процеси ашылған. 3 км аралыққа жуўырыўда қатнасыў баҳасы – 99 мың сум, 10 км аралыққа – 149 мың сумды қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги