АҚШ жетекшиси Джо Байден Ақ үйде хоккейшилер менен ушырасыўында Камала Харристи «Президент» деп атады.

«Жумысларымыз дурыс исленип атырғанына исеним пайда етиў ушын Президент Харрис усы жерде», – деген ол.

Сентябрь айында Камала Харрис мәмлекеттиң әмелдеги жетекшисиниң жасын есапқа алғанда, ҳәкимият Джо Байденнен оған өтиў мүмкин екенин айтқанын атап өтиў керек. Ҳәзирги ўақытта Ақ үйдин басшысы 81 жаста.

2021-жыл ноябрьде Байден хирургиялық операцияны өткерип, бийҳуш жатқанда Харрис 1 саат 25 минут оның ўазыйпасын атқарған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги