10-12-ноябрь күнлери Армения пайтахты Ереван қаласында самбо бойынша ересеклер арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.

Онда табыслы қатнасқан Өзбекстан сайланды командасының ағзалары 2 алтын, 1 гүмис ҳәм 3 қола медалларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Чемпионатта Халықаралық самбо федерациясы (FIAS) байрағы астында қатнасқан россиялы самбошылар 13 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 қола медалларын қолға киргизип, биринши орынды ийелеўге еристи. Ал, үшинши орын болса, 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 5 қола медалларын ийелеген  Қазақстан сайланды командасына несип етти.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, жәҳән чемпионатында  Ибодатхон Агожонова ҳәм Гулсевар Ўроқова алтын, Фурқат Рўзиев гүмис, Сарбон Эрназаров, Лутфилла Сайдаматов ҳәм Муҳаммадали Саъдуллаевлар қола медалларын қолға киргизиўге миясар болды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы