Россия Қазақстанды тек  ғана әпиўайы аўқамлас емес, яғный еӊ жақын аўқамласы деп биледы. Бул хаққында  Астанаға барған президент Владимир Путин айтып өтти.

“Биз Россия хәм Қазақстан аўқамлас екенлигин атап өтпектемиз. Буны өз алдына атап өтиўди қәлеймен, хәр қандай жағдайда да биз Россияда оған сондай көз бенен қараймыз,биз әпиўайы  аўқамлас емеспиз, биз еӊ жақын аўқамласлармыз”,-деди Путин.

Россия жетекшиси, Россия хәм Қазақстан хазирги ўақыттағы бәрше қыйыншылықларға қарамастан өзи ушын ахмийетли болған мәселелерди шеше алыўына үмит билдирды.

 

 

                                                         Улбоған Бекимбетова, ҚМУ студенти

                                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги