Егер өним артында турған компанияның өзи оннан пайдаланыўды қәлемесе, бул товар ҳаққында не айтыў мүмкин? Мәселен, Microsoft. Компания өз қызметкерлерине ең кең тарқалған чат-бот — ChatGPTдан пайдаланыўды қадаған етти, қызық тәрепи, бул компания тиккелей қатнасып атырған қолланба есапланады.

Компания ишки веб-сайтындағы дағазаға бола, қадағалаў ўақтынша болып, «қәўипсизлик тәрептен» солай исленген.

Мағлыўмат ушын: Microsoft ChatGPT чат-ботын ислеп шығарып атырған OpenAI компаниясының ең ири қаржы ийеси есапланады. 2023-жылдың басында Microsoft чат-ботты раўажландырыўға, алдыңғы 3 млрдқа қосымша тәризде, 10 млрд доллар ажыратты.

Қалаберсе, Windowsда орнатылған Copilot  қуралы, сондай-ақ, Bing чат-боты ҳәм басқа қатар Microsoft өнимлери тикеллей ChatGPT тил моделине қурылған.

P.S. CNBC хабарына бола, көп өтпей шеклеў бийкар етилди, ишки сайттағы дағаза өширип тасланды. Microsoft ўәкилиниң мәлим етиўинше, бул жерде қәтелик жүз берген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги