Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында болған республикамыздың мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға өзлериниң салмақлы үлесин қосып киятырған хызметкерлер менен Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң ушырасыў кешеси болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Озадбек Назарбеков шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында барлық тараўлардағы  сыяқлы мәденият ҳәм көркем өнерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оны раўажландырыў бойынша исленип атырған кең көлемли жумыслар туўралы айтып өтип, буның айқын мысалын Қарақалпақстанда жүз берип атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўларда көриўимизге болатуғынлығын атап өтти.

Илажда қарақалпақстанлы тараў пидайыларының ислеп атырған  хызметлери ҳүрмет пенен тилге алынып, узақ жыллар даўамында мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жемисли жумыс алып барған Қалбай Турдиев, «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң музыкалық жақтан басшысы Султамурат Абдижамилов, усы ансамбльдин қосықшысы Гүлхатийша Айымбетова, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актёри Саламат Арзиев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актрисасы Мийригүл Мәмбетмуратова,  ҳәм Төрткүл районы Мәденият бөлиминиң көркемлик жақтан басшысы Иззат Аллабергеновлар  «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.





Сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Озадбек Назарбеков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы