12-ноябрь күни Қаршы қаласындағы «Марказий» стадионында футбол бойынша Өзбекстан кубогиниң финал ойыны болып өтти.
Онда Өзбекстан бириншилигинде чемпионлық ушын гүрес жүргизип атырған Қаршының «Насаф» клубы Алмалықтың «ОКМК» командасы менен ушырасты.
Ойынның биринши таймында есап ашылмады. Ал, екинши таймның 71-минутында болса, Алмалық клубы дәрўазасына пенальти белгиленди ҳәм оны Жавоҳир Сиддиқов топты туўры жоллап, өз командасын алдыға алып шықты.
Ушырасыўдың қалған минутларында есап өзгермеди ҳәм «Насаф» клубы Өзбекстан кубоги ийесине айланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы