10-ноябрь күни Индонезияда футбол бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты басланды. Онда дүньяның 24 мәмлекетиниң сайланды командалары жәҳән кубогин жеңип алыў ушын өз-ара гүрес жүргизбекте.
Өткен Азия кубогинде ярым финалға шекем жетип келген U-17 Өзбекстан сайланды командасы 1-турда малили футболшылар менен ушырасып, онда 3:0 есабында жеңилип қалды.
Ал, усы топардағы екинши ойында болса, испаниялы жас өспиримлер канадалы футболшылар менен өз-ара күш сынасып, 2:0 есабында жеңиске еристи.
Соны айрықша түрде айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан-Мали ойынында қарақалпақстанлы жас футболшы Муҳаммедали Реймов 2-таймда Яҳё Ўринбоевтың орнына ойынға түсти ҳәм бир тайм даўамында ҳәрекет етти.
Бүгин Өзбекстан сайланды командасы 2-тур шеңберинде Канада сайланды командасы менен өз-ара ушырасады ҳәм онда Муҳаммедали Реймов тийкарғы қурамда майданға түсиўи күтилмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы