Өзбекстанда суды системасы дүзилгениниң 100 жыллығы мүнәсибети менен мини футбол бойынша жарыс болып өтти.


Онда Қарақалпақстан Республикасы суды, қалалық, районлық, районлар аралық судлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьялары ҳәм суд хызметкерлеринен ибарат командалар өз-ара беллести. Қызықлы ҳәм кескин беллесиўлер тийкарында өткерилген жарыста биринши орынды Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық судлаў коллегиясының командасы ийелеген болса, жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының командасы екинши, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жарыс жуўмағында «Ен жақсы дәрўазаман» номинациясы Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы У.Сабировқа, «Ең жақсы ойыншы» номинациясы  Қарақалпақстан Республикасы судының хызметкери С.Бисенбаевқа, «Ең көп гол урған ойыншы» номинациясы Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының хызметкери Қ.Успановқа несип етти.

Жеңимпазлар кубок, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги