Қарақалпақ халқы әзелден мәденияты ҳәм көркем өнери бай халықлардыӊ бири. Ол өзиниӊ рәӊбәреӊ мәдений ҳәм көркем өнер мийраслары менен басқа халықларды да таӊ қалдырып келмекте. Мине, усындай мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиӊ ишинде айрықша орнына ийе, халқымыздыӊ миллий өзгешелигин аӊлатып туратуғын тараўлардыӊ бири – бул музыка өнери болып табылады.
Музыка адамныӊ кеўил түпкиринде жатырған нәзик тарларды да қозғай алатуғын, инсанға руўхый азық, кеўилге мәлҳам болатуғын өз алдына бир сыйқырлы дүнья. Әсиресе, ол миллий музыка болса, оныӊ теӊи-тайы жоқ. Сонлықтан да, дана халқымыз «Жақсы қосық – жан азығы», деп бийкарға айтпаған.
Халқымыз арасында миллий музыка жанрын раўажландырыўға үлес қосып киятырған, өзиниӊ хош ҳаўазы, бәлент лапызы, миллий ырғақлары менен көпшиликтиӊ алғысына миясар болып киятырған талант ийелери оғада көп. «Жүзден жүйрик, мыӊнан тулпар шығады», дегениндей, халқымыз бундай талантларға бай. Мине, усындай талантлы жасларымыздыӊ бири – Жаӊабаева Елена.
Елена жаслайынан музыкаға, әсиресе, миллий қосықларды айтыўға жүдә қызықты. Бул қызығыўшылық қаҳарманымызды Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине жетеледи. Ол бул дәргайды табыслы тамамлағаннан кейин, ҳәзирги ўақытта Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниӊ Бақсышылық жөнелиси бойынша 11-класында оқып атыр. Устазы Сарыгүл Бекбергеновадан бақсышылық мектебиниӊ сырларын ҳәм халық намалары менен миллий қосықларын тереӊнен үйренип келмекте.
Елена бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларымыз ушын жаратылып қойылған шараятлар ҳәм мүмкиншиликлерден өнимли пайдаланып, ҳәр қыйлы таӊлаўларға қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Усы жылдыӊ 2-4-ноябрь күнлери Ташкент қаласында «Талантлы балалар» Халықаралық инновациялық жәмәәтлик бирлеспеси тәрепинен өткерилген «Музыка ҳәм өмир» атлы көрик таӊлаўда қатнасқан Елена жеӊимпаз болып 1-орынды алыўға еристи. Бул таӊлаўда ол Әжинияз шайыр сөзине «Көр қыз» намасына «Еллерим барды» қосығын кәмине келтирип атқарып шықты.
Елена Жаӊабаева буннан басқа да бир неше таӊлаўлардыӊ жеӊимпазы.
Биз келешекте Еленаға халқымыздыӊ мәденияты менен көркем өнерин дүньяға танытатуғын әжайып талант ийеси болып жетисиўине исенемиз ҳәм «хош ҳаўазыӊ ҳеш қашан талмасын, бийик ареналарда жаӊлай берсин!» дегимиз келеди.
Саятхан Жолдасбаева,
Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң 11-класс оқыўшысы
Қарақалпақстан хабар агентлиги