Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының топар басқышында 4-тур ойынлары өткерилди.
Олардың биринде Мадридтиң «Реал» клубы Португалияның «Брага»сы менен ушырасып, 3:0 есабында жеңиске еристи.
Ал, Мюнхенниң «Бавария»сы болса, бул турда Түркияның «Галатасарай» клубы менен ойнап, 80 ҳәм 86-минутларда Харри Кейн тәрепинен урылған голлардың есабынан 2:1 есабында жеңиске еристи. «Галатасарай» қурамында Бакамбу 1 гол урыўға еристи.
Англияның ең атақлы клубыларының бири «Манчестер Юнайтед» 4-турда Данияға сапар етип, жергиликли «Копенгаген» клубына 3:4 есабында жеңилип қалды.
Лондонның «Арсенал» ҳәм Испанияның «Севилья» клублары арасындағы ойында болса, лондонлылар 2:0 есабында жеңиске еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.