Алдын хабар берилгениндей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ бүгинги мәжилисинде Мәмлекетлик бағдарламаныӊ 2023-жылдың тоғыз айындағы орынланыўы ҳәм “2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасыныӊ “2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”гы нызам жойбары қызғын додаланды.

Додалаўларда депутатлар қаржыларды арттырыў, салық базасын кеӊейтиў, жасырын экономикалық жумысты илажы барынша қысқартыўға қаратылған илажлар ҳәм келеси жылы нәзерде тутылған бюджет қаржыларынан пайдаланыўда нәтийжелиликти арттырыў бойынша усыныс ҳәм кеӊеслер берди.

Додалаўларда сиясий партиялар фракцияларыныӊ басшылары Мәмлекетлик бағдарламасы атқарылыўы ҳәм 2024-жылғы Бюджет жойбары бойынша фракциялардыӊ мүнәсибетин билдирди.

Атап айтқанда, ӨзМТДП фракциясыныӊ басшысы Алишер Қодиров тәлим-тәрбия тараўына айрықша тоқталып, бул системаға ажыратылып атырған қаржылар күтилип атырған нәтийжелерди бермей атырғанлығын айтып өтти:

— Тәлим-тарбия системасына бағдарландырылып атырған қаржылар 3 есеге арттырылғаны қуўанышлы жағдай.Бирақ бул ажыратылып атырған қаржылар нәтийжелилигин арттырыў керек.

Келеси жылғы Бюджетте Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине ажыратылып атырған қаржылардыӊ 80 проценти муғаллимлердиӊ айлығы ушын бағдарландырылады. Ҳақыйқатында, муғаллим жоқары мийнет ҳақы алыўы керек. Себеби олар келешекти жаратады. Биз жақында педагоглардыӊ статусы ҳаққындағы нызамды қабылладық ҳәм онда оқытыўшылардыӊ статусы, ҳуқықый қорғалыўы белгилеп берилди.

Тараў ушын бюджет қаржылары кемейип атырған жоқ. Бирақ жаратылып атырған шараят келешекке жаңа үмитлерди оятпай атыр. Яғный, билимлендириўге берилип атырған қаржы күтилип атырған нәтийжени бермей атыр. Өткен жылы ЖООларға тапсырған абитуриентлердиӊ 50 процентке шамаласы ҳәттеки 2 баҳаға ылайық нәтийжени көрсетпеди.

Бүгин 500 мыӊға шамалас оқытыўшы бар. Олардыӊ айлығы ушын 35 триллион сум қаржы ажыратылып атыр. Таллаўларға қарағанда, мектеплерде 10-15 процент артықша, яғный зәрүрлик болмаған оқытыўшы жумыс ислемекте.

Заман соншелли тезлести, бүгин оқыўшылар оқытыўшы бир неше күн таярланып беретуғын қандайда бир мағлыўматты оқыўшы интернеттен демде алып атыр. Соныӊ ушын педагог та заманға масласыўы, заманагөй болыўы керек. Усынысымыз билимлендириўге бағдарландырылып атырған инвестициялардыӊ нәтийжелилиги ҳаққында министрлик айрықша бас қатырыўы керек. Педагоглардыӊ тәжирийбесин арттырыў менен бирге, заман талаплары тийкарында олардыӊ жумысын дурыс баҳалаў системасын жаратыў зәрүр.

35 триллион пулдыӊ мәлим бир бөлими МБШға да бағдарлаўымыз керек. Бақшаларда да жағдай жақсы емес. 30-35 балаға 1 тәрбияшы туўра келеди. Системадағы жоқары мағлыўматқа ийе тәрбияшылар бар-жоғы 25-30 процентти қурамақта. Бақша тәрбияшыларыныӊ айлықларын да арттырыў керек. Жәҳән стандартларына сай түрде 10-25 балаға бир тәрбияшыны бириктириў ҳаққында ойлаўымыз керек, — деди Алишер Қодиров.

 

Муҳтарама Комилова, ӨзА