Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейинде Өзбекстан ҳәм АҚШ ҳүкиметлери арасында «Өзбекстанның археологиялық ҳәм этнологиялық материаллар категорияларында импорт шеклеўлерин енгизиў ҳаққындағы Келисим»ге қол қойыў мәресими болып өтти. Еки тәреплепе Келисимди Мәдений мийрас агентлиги директоры Баҳодир Абдикаримов ҳәм АҚШтың Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джонатан Ҳеник қол қойды.

– Бул келисим Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында музей экспонатлары ҳәм мәдений байлықлардың нызамсыз айлынысының алдын алыў ҳәм қайтарыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў ушын тийкар болып хызмет етеди, – дейди Баҳодир Абдикаримов. – Келисим археологиялық ҳәм этнологиялық материалларды талан-тараж етиўдиң алдын алыў ҳәм арнаўлы дизимге киргизилген объектлерди алып кириўге шеклеўлерди белгилейди. Сондай-ақ, бул бағдарда қәнигелер таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў тәмийинленеди ҳәм еки мәмлекет арасында материаллық мәдений мийрасты үгит-нәсиятлаўға қаратылған биргеликте көргизбелер өткериўге тийкар жаратады.

– Бүгин тарийхый күн. Себеби Өзбекстан Орайлық Азияда АҚШ пенен мәдений байлықлар ҳаққындағы келисимге қол қойған биринши мәмлекет болды, – деди Джонатан Ҳеник. – АҚШ Өзбекстаннан тысқары дүнья жүзиниң және 25 мәмлекети менен усындай шәртнамалар дүзген. Мәдений мийрас, көркем ҳәм көркем өнер шығармаларын қорғаў аңсат емес. Соның ушын да бул келисим бүгинги күнде оғада әҳмийетли қәдем болып есапланады. Өзбекстандағы мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм қайта тиклеў ушын АҚШ ҳүкимети 1 миллион доллар ажыратты. Биз Өзбекстандағы мәдений мийрасты қорғаў ҳәм оның бай тарийхын дүнья жүзине көрсетиў бағдарындағы ҳәрекетлерге басшылық етиў нийетиндемиз.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА