Президент Пәрманы (ПП-188-санлы, 07.11.2023 ж.) менен айырым нызамшылық ҳүжжетлерин жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырыў бойынша өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Оған бола:

  • судьялар жоқары кеңесиниң баслығы ҳәм ағзаларын, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорын ҳәм Бәсекини раўажланыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығын Президенттиң усынысы бойынша Олий Мажлис Сенаты тәрепинен сайлаў тәртиби белгиленди;

 

  • жаңа редакциядағы Конституциядағы мәмлекетлик хызметти өтеўге байланыслы шеклеўлер нызам менен белгилениўине байланыслы талаптан келип шығып, нызам асты ҳүжжетлердеги бундай шеклеўлер бийкарланады;

 

  • мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарын белгилеўде инсанның ылайықлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқа алынады.

Министрликлер, Бас прокуратура ҳәм Жоқары суд 2024-жыл 1-январьға шекем өзлерине бириктирилген тараў ҳәм тармақлар кесиминде нызам асты ҳүжжетлерди жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырыў бойынша Әдиллик министрлигине усыныс киргизди.

Онда төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылады:

  • мүлк ҳуқықының конституциялық кепилликлерин тәмийинлеў, соның ишинде, мүлк ийеси өз мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен тысқары ҳәм судтың қарарына тийкарланбаған ҳалда айырылыўы мүмкин емес екени ҳаққындағы конституциялық нормадан келип шығып, бул мәселелерди тек ғана нызамлар менен белгилеў;

 

  • инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери тек ғана нызамға муўапық шеклениўи мүмкин екенлиги ҳаққындағы конституциялық талап тийкарында барлық нызам асты ҳүжжетлерди қайта көрип шығыў;

 

  • мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажлары теңсалмақлылық принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы керек екени ҳаққындағы конституциялық нормадан келип шығып, нызам асты ҳүжжетлердеги ҳуқықый тәсир илажларын қайта көрип шығыў;

 

  • турақ жайға қолқатылмаслық ҳуқықын тәмийинлеў, ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайдан айырылыўы мүмкин емес екенине байланыслы конституциялық нормалардан келип шығып, нызам асты ҳүжжетлерди қайта көрип шығыў;

Өзбекстан аймағында экономикалық мәкан бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекетлениўи ҳаққындағы конституциялық нормаға муўапық нызам асты ҳүжжетлерди қайта көрип шығыў.


Қарақалпақстан хабар агентлиги