Усы жылдың 1-6-август күнлери Шымбай районында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасының Бейимлесиў қоры ҳәм Өзбекистан Ҳүкиметиниң «Өзбекистанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында ықлым турақлылығын тәмийинлеў» жойбарының режесине муўапық «Лазер жәрдеминде жерлерди тегислеў ҳәм шорланыўының алдын алыў және суўды үнемлеў технологиясының тийкарлары» темасында дала семинары болып өтти. Илажға Мойнақ, Кегейли ҳәм Шымбай районлары фермер хожалықларының басшылары, мәпдар кәрхана ҳәм шөлкемлердиң, фермерлерге хызмет көрсетиўши мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Семинар еки басқыштан ибарат болып, теориялық басқышы районлық машина-трактор паркинде, ал екинши басқышы райондағы «Жүз басы» ҳәм «Әлимбет көл» фермер хожалықларының егислик жер майданларында өткерилди.

Жойбар қәнигеси А.Тилеўмуратов ҳәм белгили агроэколог илимпаз Б.Айбергеновтың ҳәм билдириўинше, жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў егислик жерлерди суўғарыўда 25 процентке шекем суўдың үнемлениўине ҳәм зүрәәтлиликтиң 10 процентке артыўына тийкар жаратады.

Жойбар ҳаққында ҳәм оның өткен дәўир ишинде алып барған әмелий жумыслары, алдағы режелери ҳаққында жойбар қәнигеси Азат Тилеўмуратов былай деди:

— Арал теңизиниң қурып кетиўи ақыбетинде жүз берген экологиялық дағдарыс тек ғана социаллық-экономикалық машқалаларды пайда етпестен, регионда ықлым шараятының өзгериўине, аўыл хожалығы, гидроэнергетика, санаат ҳәм басқа да халық хожалығы тараўларында суў ресурсларынан пайдаланыўда бираз машқалаларға алып келди. Ҳәзирги ўақытта тәбийғый ресурслардың шекленгенлиги ҳәм планетамызда ықлымның өзгериўи, биологиялық ҳәртүрлиликтиң төменлеп кетиўи әсиримиздиң үлкен машқаласына айланды.

Усыннан келип шығып, 2014-жылдың ақырында елимизде «Өзбекистанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында ықлымның турақлылығына бейимлесиўди тәмийинлеў»ге бағдарланған жойбар өз жумысын баслады.

Жойбар Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Гидрометеорология орайы (Гидромет), БМШтың Раўажланыў бағдарламасының Бейимлесиў қоры ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўында мәпдар министрликлер менен шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады.

Жойбардың баслы бағдарлары қурғақшылықтың алдын алыў ҳәм оның келип шығыўын ертеден ескертиў бойынша басқарыў механизмин ҳәм потенциалын жаратыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм жайлаў шарўашылығын жүргизиў тәжирийбесин ен жайдырыў, ландшафт дәрежесинде топырақты қорғаў ҳәм оның ығаллығын сақлаў, ықлым өзгериси нәтийжесинде қурғақшылық қәўпине бейимлесиў илажларын әмелге асырыў, сондай-ақ, ықлымға шыдамлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасы ҳаққындағы билимлерин жетилистириў болып табылады. Изертлеўлер ҳәм үйренип шығыўдан соң республикамыздың Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Шымбай ҳәм Кегейли районлары жойбардың пилотлы зоналары етип белгиленди.

Өткен дәўир ишинде жойбар шеңберинде усындай 7 лазер үскенеси алып келинип, олар Шымбай районындағы «Жүзбасы» ҳәм «Әлимбет көл» фермер хожалықларына, Қанлыкөл районындағы «Агротехсервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен «Шамурат механик» фермер хожалығына, Мойнақ районындағы «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Мойнақ ҳасылдар» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине, Тахтакөпир районындағы «Әдилет тахта» машина трактор паркине ҳәм Кегейли районындағы «Агротехсервис» жуўапкершилги шекленген жәмийетине бийпул тарқатылып берилди. Бул хожалықларға  өзлериниң егислик майданларын тегислеў менен бир қатарда райондағы басқа да фермер хожалықларының жерлерин шәртнама тийкарында сүриў ҳәм фермерлерди лазер үскенелеринен пайдаланыўға үйретиў шәрти менен берилди. Жақын арада бундай бир неше лазер үскенеси алып келинеди ҳәм фермер хожалықларына тарқатып бериледи.

— Жерди лазерли тегислеўдиң пайдасы оғада үлкен,-дейди «Жүзбасы» фермер хожалығының баслығы Жеткерген Әбдирасулиев. – Хожалығымда 90 гектар жер болып, соннан 35 гектарына бийдай, 40 гектарына салы еккенбиз. 7 гектар жер бағшылыққа ҳәм 2 гектар жер жүзимгершиликке берилген, ал қалған майданларға  басқа да аўыл хожалығы дақылларын ектик. Бәҳәрги егис мапазы алдынан егислик жерлеримизди лазер жәрдеминде тегислеп алдық. Нәтийжеде быйыл бийдайдан 60 центнерден өним алыўға еристик. Басқа да дақылларымыздан мол зүрәәт алыўды нийет етип отырмыз. Лазер үскенелериниң абзаллық тәрепин есапқа алып, усы жойбарға лазер технологияларын сатып алыў нийетимди айттым ҳәм қысқа мүддет ишинде лазер комплектин толық сатып алыўға еристим. Егислик жерлеримди лазер жәрдеминде тегислеўдиң нәтийжесинде ҳәр бир гектардан 1400 метр куб суў үнемленди ҳәм зүрәәтлилик анағурлым өсти, ал рентабеллик болса 18 процентти қурады.

Семинарда фермерлер бул бойынша зәрүрли мағлыўматларға ийе болды ҳәм лазер үскенелерин сатып алыў нийетиниң пайда болғанын билдирди.

 

Н.РЕЙПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.