Тахтакөпир районындағы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйынында да «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде илаж өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Айтеков,  Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң депутатлары, Өзбекстан Экологиялық партиясы районлық Кеңеси, районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, 5-санлы улыўма билим бериў мектеби, усы МПЖ басшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты.

Олар МПЖ аймағындағы көше бийлери ҳәм пуқаралар менен биргеликте усы аймақтағы көп қабатлы турақ жайлардың әтирапларындағы бос жерлерге ҳәр қыйлы ерик ҳәм шабдал терек нәллерин отырғызып, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барды.






Илажда жақсы нийетте егилип атырған усы мийўели терек нәллериниң келешектеги аймақ турғынлары ушын беретуғын пайдасы атап өтилип, жақсы тилеклер билдирилди.

Илаж даўамында егилген тереклерди ўақтында суўғарыў, төгин бериў ҳәм турақлы түрде қарап тәрбиялап барыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, жуўапкерлерге тийисли ўазыйпалар жүкленди.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги