Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў, саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў илажы өткерилди.

Илажға Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми, Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм «Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң басшылары, хызметкерлери қатнасып, мектеп әтирапына 200 ге шамалас ҳәр қыйлы мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызды.





Нәл егиў даўамында қәнигелер тәрепинен ҳәр бир нәлдиң өзине тән қәсийетлери, оларды егиўдиң, суўғарыўдың тәртип-қағыйдалары, төгин бериў ҳәм тәрбиялаў процесслери, аймақтың ықлым шараятына сәйкес жаңа өсимлик түрлерин бейимлестириў, дузлы жерлерге шыдамлы өсимликлерди көбейтиў, егилетуғын нәллерди кеселликлерден ҳәм зыянлы организмлерден қорғаў мәселелери бойынша түсиниклер, баҳалы мәсләҳәтлер берилди.

Тараў қәнигелери тәрепинен орынларда усы акция шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги