Cоциаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаўға таярлық көриў жумысларының нәтийжелерин үйрениў мақсетинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен дүзилген жумысшы топар да жуўапкер кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте орынларда жумыс алып бармақта.

Олар Нөкис қаласындағы 21-киши районда жайласқан «Дәрбент» МПЖда ижарада туратуғын студент-жаслардың жасаў шараятлары менен жақыннан танысыў мақсетинде үйрениў жумысларын алып барды.

Топар ағзалары ҳәм тийисли қәнигелер тәрепинен бул жерлердеги квартираларда ижарада туратуғын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқыйтуғын студентлер менен сәўбетлесиўлер өткерилди. Гүзги-қысқы мәўсимде газден қағыйдаларға муўапық дурыс пайдаланыў, ысытыў үскенелерине итибарлы болыў, ийис газинен сақланыў, қолдан исленген жасалма ысытыў үскенелеринен пайдаланбаў бойынша түсиник жумыслары алып барылып, тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Көп қабатлы турақ жайлардың ысытыў тармақларындағы анықланған айырым кемшиликлер белгилеп алынып, оларды сапластырыў мақсетинде әмелий жәрдем көрсетиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

– Бүгинги күнде университеттиң көркем өнер факультетинде 800ден аслам студент-жаслар билим алмақта,-дейди факультет тьюторы А.Үббиниязов. – «Сақлансаң – сақларман», дегениндей, ижарада жасайтуғын студент-жаслар бәрқулла итибарымызда.

Олардың жасаў жағдайларынан тез-тезден хабар алынып, итибарсызлықтың себебинен жүз бериўи мүмкин болған айырым кеўилсиз ўақыялар ҳаққында мағлыўматлар, керекли мәсләҳәтлер берилип барылмақта.



Орынларда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги