Саммитте Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Иран Президенти Ибраҳим Раисий, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомалы Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Қазақстан Бас министри Алихан Смаилов, Пакистан ўақтыша ҳүкиметиниң басшысы Анвар ул-Ҳақ Какар ҳәм ЭБШ бас хаткери Хусрав Нозирий қатнасады.

Бүгин, 8-ноябрь күни делегациялар Ташкентке келе баслайды. Президентимиз олардың басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди. Соның ишинде, бүгинге Қырғызстан, Түркия Президентлери, Пакистан ўақытша ҳүкимет басшысы ҳәм ЭБШ бас хаткери менен сөйлесиўлер режелестирилген.

Ертең,  9-ноябрь күни жоқары дәрежедеги мәжилис болып өтеди. Оның шеңберинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги