«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги терек нәллерин егиў мәўсими жәрияланып, орынларда бул бағдардағы жумыслар қызғын алып барылмақта. Буннан тийкарғы мақсет жасыл майданларды көбейтиў, экологиялық шараятты жақсылаў болып есапланады.

«Өзбекстан – 2030» стратегиясында да экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, қала ҳәм районлардың экологиялық жағдайын жақсылаў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў мақсетинде усы жойбар шеңберинде 200 миллион түп саяманлы, мийўели терек ҳәм путақ нәллерин ҳәм қәлемшелерин егиў, Арал теңизиниң қурыған ултанында «жасыл қапламалар» тоғайлықларды пайда етиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Жойбар шеңберинде Қоңырат районындағы «Түркистан» МПЖ аймағында шөлкемлестирилген «Ҳәкимлик бағы»нда район халқы ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында семинар өткерилди.

Семинарға район ҳәкими, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери, сиясий партиялардан сайлаған депутатлар, мийнет ветеранлары қатнасты.

Районда быйылғы гүзги мәўсимде 400 мыңнан зыят cаяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў белгиленген.

Атап өтилгениндей, бул жерде аймақтың ықлым шараяты ҳәм жердиң өзгешелигинен келип шығып, қурғақшылыққа шыдамлы нәллерди егиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.

– Жойбар шеңбериндеги жумысларда районлық кеңес депутатлары да белсендилик көрсетпекте,-дейди Халық депутатлары Қоңырат районлық кеңесиниң депутаты Г.Ембергенова. – Жойбар шеңберинде аймақлар ҳәр қыйлы шығындылардан тазаланып, тут ҳәм катальпа нәллери егилмекте.








«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги әтирап-аймақта абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў жумыслары даўам етпекте.

Нәл егиў жумысларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги