Мәмлекетимизде Президентимиз Ш. Мирзиёевтиң басламасы менен халықтың, соның ишинде, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген пуқаралардың турмыс абаданлығын арттырыў ҳәм жасаў шараятларын жақсылаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларды шешиў, бәнтлигин тәмийинлеў арқалы дәраматларын арттырыў бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.

«Марказобод» мәкан пуқаралар жыйыны Төрткүл районы орайында жайласқан болып, бүгинги күни аймақта 510 шаңарақта еки мыңға шамалас халық тыныш-татыў жасап келмекте. Соннан ҳәзирги ўақытта 1 хожалық «Темир дәптер», 17 жас «Жаслар дәптери» ҳәм 36 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилип, оларға белгиленген нызам тийкарында жәрдем берилип келмекте.

-Аймағымызда жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди усы жыйында жумыс ислеп атырған ҳәким жәрдемшиси Акмалжан Қўшқаров.-Соның ишинде, Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында 7 пуқараның турақ жайы шиферланып, 7 ҳаял-қыз турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленди. Исбилерменлик пенен шуғылланыўшы 13 пуқараға 176 млн сум жеңилликли кредитлер алып берилди. 5 жумыссыз ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылып, субсидия тийкарында оларға заманагөй кийим тигиў машиналары саўға етилди ҳәм бул пуқаралар бүгинги күни халыққа хызмет көрсетип келмекте.

Жақында район ҳәкимлиги тәрепинен «ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген усындай 25 пуқараға субсидия тийкарында заманагөй тигиў машиналары тапсырылды. Олар арасында «Марказобод» елатының турғынлары да бар.

-Мен  жумыссыз болғанлығым себепли «ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген едим,-дейди аймақ турғыны Санобар Джаббарова. –Сонлықтан менен жыйын басшыларының усынысы тийкарында кәсип-өнерге оқытылып, сертификатқа ийе болдым. Ал, 6-ноябрь күни болса, маған субсидия тийкарында заманагөй тигиў машинасы саўға етилди. Буның ушын елимиз Президенти ҳәм аймағымыз белсендилерине, әсиресе, ҳәким жәрдемшиси Акмалжанға өзимниң үлкен рахметимди айтаман. Тигиў машинасы менен қоңсыларыма кийим-кеншек тигип хызмет көрсетип киятырған едим. Алдағы ўақытлары бул тигиў машинасы менен халқымызға сапалы хызмет көрсетип, хожалығымды турақлы дәрамат пенен тәмийинлеймен.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы