Италияның Флоренция қаласында художник Микеланжелоның сырлы ханасы биринши мәрте ашыўы күтилмекте. Ол көп жыллар даўамында Медичи шаңарағының үй ширкеўи болып хызмет еткен Сан-Лоренсо базиликасында жайласқан.

Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, Микеланжело бир неше айды, мине, усы 10х3 метрли ханада өткерген. 1527-жылы ол олигархлар шаңарағына қарсы қозғалаңды қоллап-қуўатлаған. Бир неше жыл өткеннен соң, Медичи қайтып келеди ҳәм художник өлимге ҳүким етиледи. Микеланжело әпиў етилгенге шекем усы жерде баспана табады.

Хана 1975-жылы табылған. Музейдиң сол ўақыттағы администрациясының жаңа шығыў жолын қурыўды режелестирген. Шкаф астында директор ханасына алып барыўшы люк табылады. Оның дийўаллары көмир ҳәм бордан жасалған эскизлер менен безетилген болған.

Атап өтилиўинше, Микеланжело баспанасы 15-ноябрьден баслап келиўшилер ушын ашық болады. Кириў ушын алдыннан дизимнен өтиў талап етиледи. Келиўшилер төрт адамлық топарда болыўы керек. Билет баҳасы 32 евроны қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги