Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 4-турынан орын алған бир неше ойынлар болып өтти.

Европаның ең күшли клубларының бири болған  «Барселона» бул турда Украинаның «Шахтёр» командасының мийманы болып, 1:0 есабында жеңилиске ушырады.

Бул жеңистен соң «Шахтёр» өзиниң упайларын санын алтаўға жеткериўге еристи. Ал, «Барселона» ҳәм «Порту» 9 упай менен топарда жетекшилик етпекте.

Ал, «F» топарында болса, Дортмундтың «Боруссия»сы Англияның «Ньюкасл» клубы менен ойнап, оны 2:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Усы топардан орын алған екинши ойында болса, «Милан» Франция чемпионы «ПСЖ» өз майданында қабыллап, Париж клубын 2:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Бул ойындағы жеңистен соң «Милан» өзиниң упайлар санын 5ке жеткерип, 3-орынға шығып алды. 4-турдан соң топар жетекшиси «Боруссия»да 7, «ПСЖ» да 6 упай, «Ньюкасл»да 4 упай бар.

«J» топарында жетекшилик етип киятырған «Манчестер Сити» бул турда «Янг Бойс» пенен ушырасып, оны 3:0, «Е» топары жетекшиси «Атлетико» «Селтик»ти 6:0 есабында жеңип шықты.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы