7-ноябрь күни Өзбекстан Президентиниң жәрдемшиси Саида Мирзиёеваның АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша жәрдемшиси Дональд Лу менен ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў даўамында билимлендириў, мәденият, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларын тәмийинлеў сыяқлы тараўларды мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланған.

«Сондай-ақ, Өзбекстанда ҒХҚ жумысы ҳәм пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў ҳәм инсан ҳуқықлары тараўында өз-ара бирге ислесиў бойынша пикир алыстық»,-дейди Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги