Иран пайтахты Тегеран қаласында қылышласыў спорты бойынша өткерилип атырған жас өспиримлер арасындағы жәҳән кубогинде Өзбекстан сайланды командасы табыслы қатнасып, командалық беллесиўлерде алтын медалды қолға киргизди.
Соның ишинде ең қуўанышлы тәрепи сонда, қарақалпақстанлы Исламбек Абдазов, Азизбек Дәўлетназаровлар ташкентли Сардар Абдукаримбеков пенен биргеликте финалға шекем жетип келип, чемпионлық беллесиўинде Түркия сайланды командасын 45:42 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм жәҳән кубогин қолға киргизди.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, бул жарыстың жекпе-жек беллесиўлеринде Исламбек Абдазов алтын медалды жеңип алыўға миясар болған еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы