Өткен әсирдиң 80-жылларында Қарақалпақ әдебиятына жаңаша пикирлеўши, өзине тән жол менен толқындай бурқасынлап бир топар дөретиўши жаслар кирип келди. Олар арасынан бүгинги күнге келип Х.Дәўлетназаров өз ҳаўазына ийе ийе белгили шайыр болып жетилисти. Оның поэзиялық дөретпелерин бүгинги күни халқымыз сүйип оқыйды.

Әсиресе, өзиниң «Жаслығым сен мени таслап барарсаң», «Қарақалпақ ырғағы», «Егер, еслей алсаң еслеп жүр мени», «Әлўидағ айтпайман муҳаббат», «Ғайры журтлардағы қарақалпақлар» ҳәм тағы басқа да лирикалық қосықлары менен китап оқыўшыларының кеўлинен жыллы орын ийелеген Халила Дәўлетназаровтың қосықларын ядтан билмейтуғын адамның өзи  жоқ десек асыра айтқан болмаймыз. Сонлықтан шайырды халқымыз усындай әжайып дөретпелери арқалы жақсы танып, оған жоқары ҳүрмет көрсетеди.

1952-жылы Кегейли районының Халқабад елатында туўылған Халила Дәўлетназаровтың поэзия ҳәм көркем өнерге деген ықласы мектепти тамамлағаннан соң, Нөкис мәмлекетлик көркем өнер училищесине оқыўға алып келди.

1970-1977-жыллары (әскерий хызметтеги жылларын қоса есаплағанда) училищениң вокаль қәнигелигинде тәлим алған ол, өзиниң дәслепки мийнет жолын ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары» газетасында әдебий хызметкерликтен баслады. Соңынан 1983-1988-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясында телекөрсетиў редакторы, аға редактор, музыкалы еситтириўлер редакциясы бөлим баслығы, 1988-1995-жыллары «Қарақалпақстан» баспасында редактор, 1995-1996-жыллары Қарақалпақстан радиосының әдебият ҳәм драма бөлиминиң баслығы, 1996-2009-жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторының орынбасары болып жемисли хызмет иследи. Ал, 2009-жылдың февралынан ҳәзирги күнге шекем болса,  «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы болып ислеп келмекте.

Шайырдың ҳәр қыйлы жылларда дөреткен қосық ҳәм поэмалары «Хат», «Сен маған керексең», «Сен жақсы қызсаң», «Ашық болмаған ким бар?», «Хош қал, жаслығым», «Әлўидағ муҳаббат, әлўидағ», «Дос болыў ҳәммениң қолынан келмес», «Ашық болып жасаң», «Шөлиркеў» атамалары менен басылып шығып, китап оқыўшыларының кеўиллерине жетип барды.

Ол 1982-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы сыйлықланған болса, 1997-жылы оған «Өзбекстанға мийнети сиңген журналист», 2015-жылы Қарақалпақстан халық шайыры ҳүрметли атақлары берилди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен «Сизден мийрас болып жақсылық қалсын» атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешеси болып өтти.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д. Қурбаниязов шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлап, оған Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен «Ўатан пидайысы» көкирек нышанын салтанатлы түрде тапсырды.








Сондай-ақ, кешеде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, «Қарақалпақфильм киностудиясы»ның директоры Б.Мадияровлар шығып сөйлеп, шайырға естелик саўғаларын тапсырды.

Ал, белгили шайыр Гүлистан Дәўлетова юбилярға арнап жазған өзиниң жаңа қосығын оқып берди.

Кешеде шайыр дөретпелери тийкарында таярланған концерт бағдарламасы қойып берилип, бул илаж қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы