Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының 4-тур ойынлары болып өтти.
«Д» топарында өзиниң әжайып ойынлары менен футбол жанкүйерлери кеўлинен жыллы орын ийелеп киятырған Наманганның «Навбаҳор» клубы бул турда Иранға сапар етип, «Нассажи Мозандарон» командасы менен ойнады.
Ушырасыўдың 1-таймының 7-минутында Игор Голбан есапты ашқан болса, 21-минутында Остон Ўрунов Иран клубы дәрўазасын анық нышанға алып, ойындағы есапты исенимли көриниске алып келди.
Екинши таймда еки команда да ҳүжимге итибар қаратты ҳәм 46-минутта «Навбаҳор» ойыншысы Остон Ўрунов, 68-минутта иранлылар ҳүжимшиси Муҳаммад Ризо Озодилер қарсыласлар дәрўазасына бир голдан урыўға еристи. Солай етип, 4 ойыннан 10 упай топлаған «Навбаҳор» клубы Саудияның «Ал-Ҳилол» клубы менен бирге кейинги басқыш мәселесин мүддетинен алдын шешиўге еристи.
Ал, «В» топарында кейинги басқышқа шығыў ушын гүрес алып барып атырған «Насаф» болса, бул турда топар жетекшиси «Шаржа» менен теңбе-тең ойнап, өз-ара 1 упайдан бөлисти.
Миржалал Қосимов басшылығындағы «ОКМК» болса, бул тур шеңберинде Иранның «Сепахон» клубы менен ойнап, 0:9 есабында жеңилиске ушырады ҳәм турнирдиң кейинги басқышына шығыў ушын гүрестен шығып кетти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы