Нөкис қаласындағы Әбиў Әлий Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламтлық техникумында «11-ноябрь-Кәсиплик аўқамлар күни» байрамына бағышланып, медицина хызметкерлери арасында Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси кубоги ушын мини футбол бойынша жарыс өткерилди.

Жарыста республикамыздағы мәкеме-шөлкемлерден 14 команда  қатнасты.

Жуўмақлаў басқышында,  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги командасы биринши орынды жеңип алған болса, Республикалық қан қуйыў станциясы командасы  екинши ҳәм Республикалық қәнигелестирилген наркология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы командасы сыйлы 3-орынды ийелеўге еристи.



Жарыс жуўмағында, қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок,  медаллар,  диплом ҳәм де  баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы