Әйне күнлери Бахрейн, Эл-Сальвадор ҳәм Иран мәмлекетлеринде қылышласыў спорты бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында жәҳән кубоги беллесиўлери болып өтпекте.
Онда Өзбекстан сайланды командасының қурамында қарақалпақстанлы жаслары да белсене қатнаспақта. Атап айтатуғын болсақ, Бахрейнниң Манама қаласындағы жарысларда сабля бағдары бойынша жеккелик беллесиўлерде Гүлистан Пердебаева алтын медалды қолға киргизген болса, командалық есапта Гүлистан Пердебаева ҳәм Наргиза Жақсыбаевалар, Эррера ҳәм Самира Шокировалар менен биргеликте жәҳән кубогин жеңип алыўға миясар алды.
Ал, Эл-Сальвадор мәмлекетинде болып өткен шпага бойынша өткерилген беллесиўлерде Дилназ Мурзатаева алтын, Бийбимәрьям Сапарова болса қола медалын қолға киргизди.
Иран пайтахты Тегеран қаласында өткерилип атырған сабля бағдары бойынша жас өспиримлер арасындағы жарыста нөкисли Исламбек Абдазов барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медалды ийелеўге еристи.
Жерлесимиз бул жарыстың финал беллесиўинде кувейтли Муҳаммад Абдулкаримни 15:6 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Күшли үшликтен түркиялы Фурқан Яман ҳәм иранлы Нима Ағайи орын ийеледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы