Бахрейнниң Манама қаласында өткерилген жәҳән кубогиниң сабля жөнелисинде командалық бойынша жеңимпазлар анықланды.

Бул жөнелисте Өзбекстан командасы – Наргиза Жаксыбаева, Гүлистан Пердебаева, Фернанда Эррера ҳәм Самира Шокирова барлық қарсыласларын жеңип, алтын медаль менен биргеликте жәҳән кубогин қолға киргизди.

Еслетип өтемиз, жеке беллесиўлерде Азия ойынлары жеңимпазы Гүлистан Пердебаева алтын, Фернанда Эррера қола медалын қолға киргизген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги