Сан-Сальвадордың Эль-Сальвадор қаласында қылышпазлық бойынша өспиримлер арасында Жәҳән кубоги басқышы өткерилмекте.
Қуўанышлы тәрепи, бул басқышта Өзбекстан командасы ағзасы Дилназ Мурзатаева ярым финалда жерлесимиз Бибимарям Сапарованы, финалда Пуэрто-риколы спортшы Воллер Дел Валлэ Аланисди үлкен есапта жеңди ҳәм алтын медальды қолға киргизди.
Сондай-ақ, қылышпазымыз Бибимарям Сапарова үшинши орынды ийелеп, жарыстың қола медалына ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги