8-9-ноябрь күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң (ЭБШ) он алтыншы саммити болып өтеди.
Илажда Әзербайжан, Иран, Қазақстан, Қырғызстан, Пакистан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Түркияның мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларының қатнасыўы күтилмекте.
Күн тәртибине муўапық, ЭБШ шеңберинде саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм бул көп тәреплеме структура жумысын жетилистириў мәселелери көрип шығылады.
Саммит бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан жетекшиси бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.
Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине 1985-жылы тийкар салынғанын, оның турақлы жумыс алып барыўшы секретариаты Тегеран қаласында жайласқанын атап өтиў керек.
Өзбекстан Республикасы 1992-жылдан баслап ЭБШ ағзасы болып есапланады.
ӨзА