Республикамызда спортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, әсиресе, жасларымыздың физикалық жақтан шыныққан, саламат әўлад болып жетилисиўи ушын исленип атырған жумыслар мақтаўға ылайық. Соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде де балалардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

2023-жыл 27-28-октябрь күнлери Ташкент қаласында көркем гимнастика бойынша «Мовий гумбазлар» атлы халықаралық турнирде Қанлыкөл районынағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияланыўшысы Нуржамал Базарбаева биринши орынды ийелегени пикиримиздиң айқын дәлили. Бундай жетискенликлерге ерисиўде шөлкем басшылары ҳәм тәрбияшыларының да үлкен үлеси бар, әлбетте.

Нуржамал Базарбаеваны жарысқа тренер Анесия Алламбергенова таярламақта. Алдын Нуржамал Базарбаева 2023-жыл 30-сентябрь күни 2007-2019-жылы туўылған қызлар арасында спорттың көркем гимнастика түри бойынша Бухара ўалаятында өткерилген Республика  ашық турнирине қатнасып сыйлы екинши орынды ийелеген еди.


– Шөлкемимиздеги шараятлар жақсы, спорт залымыз барлық талапларға жуўап береди,-дейди шөлкем директоры Арыўхан Есенбаева. – Нуржамал 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң мектепке таярлаў топарының тәрбияланыўшысы. Ол шөлкемдеги басқа да жарысларға қатнасып, жеңимпаз болып келмекте.

Кишкене жеңимпаз қызымызды район ҳәкими Б.Султанов қабыллап, оның туўысқанлары ҳәм тәрбияшыларына жыллы сөзлер айтылып, естелик саўғалары тапсырылып хошаметленди.

Мағлыўмат ушын, елимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» деген бас идеяны өзинде жәмлеген ҳалда республика көлеминде өткерилген спорттың көркем гимнастика түри бойынша жарыста, Қанлыкөл районындағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң еки тәрбияланыўшысы Г.Сейтбекова ҳәм Н.Базарбаевалар сыйлы биринши орынды алыўға миясар болды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги