Өзбекстан футбол ассоциациясы системасында Миллий футбол орайы, Футбол бойынша республика жоқары спорт шеберлиги мектеби қасында Футбол командалары шынығыў орайы ҳәм Спорт медициналық ҳәм реабилитация орайы шөлкемлестириледи.

Бул ҳаққында усы жыл 3-ноябрьде қол қойылған “Футбол-билимлендириў орынлары тармағын кеңейтиў ҳәм халықаралық стандартларға сай келетуғын футбол инфрадүзилисин раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарында белгилеп қойылмақта.

Қарар менен Футбол бойынша қәнигелерди таярлаў орайы Футбол қәнигелерин таярлаў ҳәм илимий орайы етип, Республика балалар ҳәм өспиримлер футбол академиясы Республика футбол академиясы етип аталады.

2005-жыл 1-январьдан жергиликли футбол академиялары, мектеплери ҳәм басқа мәмлекетлик футбол-тәлим орынлары тренерлериниң Футбол қәнигелерин таярлаў ҳәм илимий-изертлеў орайынан мәжбүрий тәризде тийисли лицензияларды алғаннан кейин жумыс алып барыў әмелияты енгизиледи.

2024-жыл сентябрьде Өзбекстанда футзал бойынша Жәҳән чемпионаты өткерилиўи мүнәсибети менен аймақларда футзал командалары шөлкемлестириледи,  сондай-ақ проффесионал футбол клублары қасындағы футзал бойынша тийкарғы, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар командалары жумысы жолға қойылады.

2024-жылдың 1-мартына шекем республикадағы барлық стадион ҳәм футбол майданларының бирден-бир электрон реестри ислеп шығылады.

2024-жыл 1-июньға шекем футбол ушырасыўларын көрсетиў, футболды халық арасында ең жайдырыў мақсетинде футбол бойынша арнаўлы телеканал шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги