Өзбекстан Республикасы «Пуқаралардың мәмлекет пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 28-статьясына бола, белгиленген тәртипте есаплап шығарылған пенсияларға үстеме ҳақылар төмендеги муғдарларда белгиленеди:

I топар урыс майыпларына — пенсияны есаплаў базалық муғдарының 150 проценти;

II топар урыс майыпларына — пенсияны есаплаў базалық муғдарының 125 проценти;

көзи әззилер бойынша I топар майыплығы болған шахсларға — пенсияны есаплаў базалық муғдарының 100 проценти;

I топар майыплығы болған шахсларға — пенсияны есаплаў базалық муғдарының 75 проценти;

II топар жалғыз майыплығы болған шахсларға — пенсияны есаплаў базалық муғдарының 75 проценти.

Мағлыўмат ушын: ҳәзирги ўақытта пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 347 000 сумды қурайды.

Үстемелер менен толық танысыў ушын бул жерге басың

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги