Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында 2024-жылы Париж қаласында болып өтетуғын жазғы Олимпиада ойынларының кейинги басқышына жолламаны қолға киргизиў ушын футбол бойынша Өзбекстан, Япония, Вьетнам ҳәм Ҳиндстанның ҳаял-қызлар сайланды командалары арасында жарыс болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары вьетнамлы ҳәм ҳиндстанлы футболшыларды жеңип шығып, кейинги басқыш жолламасын қолға киргизди.

Париж-2024 Олимпиада ойынларының кейинги таңлап алыў басқышында Өзбекстан сайланды командасы Австралия, Арқа Корея ҳәм Япония сайланды командасы менен өз-ара гүрес алып барады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы