«Палестиналық қашқынларға жәрдем бериў ҳәм жумысларды шөлкемлестириў бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Жақын Шығыс агентлигине гуманитар жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-354-сан, 01.11.2023 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, Палестинли қашқынларға жәрдем бериў ҳәм жумысларды шөлкемлестириў бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Жақын Шығыс агентлиги (UNRWA) тәрепинен алып барылып атырған Палестина халқы ушын гуманитар жәрдем көрсетиў илажларын қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде Агентликке гуманитар жәрдем көрсетиў ушын 1,5 миллион АҚШ доллары ажыратылады.

Еслетип өтемиз, алдыныр-ақ Шавкат Мирзиёев Израил ҳәм Палестина арасындағы келиспеўшиликке мүнәсибет билдирип, Газа секторы халқына жәрдем көрсетиў ушын 1 миллион 500 мың доллар ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етилгени атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги