Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-ноябрьдеги «Арнаўлы түрдеги товарлар экспорты ҳәм импортын лицензиялаў, сондай-ақ, экспорт контрактларын дизимге алыў ҳәм импорт контрактларын экспертизадан өткериўди тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5212-санлы Пәрманына а) 4-бәнтиниң «товар атамасы» үстиндеги «буйымлар» сөзи «буйымлар*» сөзи менен алмастырылады; б) төмендеги үлгидеги түсиник пенен толықтырылады: «*) аффинаж кәрханалары ҳәм зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен қымбат баҳалы металларды ҳәм қурамында қымбат баҳалы металлар болған шийки затты бажыхана аймағында қайта ислеў бажыхана режимине жайластырыўда ҳәм бажыхана аймағында қайта ислеў бажыхана режимине жайластырылған қымбат баҳалы металлар ҳәм қурамында қымбат баҳалы металлар болған шийки затты қайта ислеў нәтийжесинде алынған өнимлерди Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан тысқарыға алып шығыўда лицензия талап етилмейди».

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-майдағы «Өзбекстан Республикасында зергерлик тармағын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5721-санлы Пәрманы 1-бәнтиниң алтыншы абзацы төмендеги редакцияда өзгерди: «физикалық тәреплерге баҳасы 100 миллион сумға шекемги болған таяр зергерлик буйымларын жолаўшы бажыхана декларациясын толтырмастан, 100 миллион сум ҳәм оннан аслам болғанларды жолаўшы бажыхана декларациясы тийкарында Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан тысқарыға алып шығыўға рухсат бериледи».

Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-майдағы 283-санлы қарары менен тастыйықланған Сыртқы саўда операциялары әмелге асырылыўы мониторингин алып барыў ҳәм қадағалаў тәртиби ҳаққындағы режениң 18-бәнти төмендеги мазмуннан екинши абзацы менен толықтырылады:

«Бунда, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге зергерлик буйымларын жолаўшы бажыхана декларациясын толтырған ҳалда мағлыўматларды ССОБЭМС (Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасы)ға киргизбестен Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан тысқарыға коммерциялық мақсетлерде алып шығыўға рухсат бериледи».

ӨзА