Елимиз бойлап даўам етип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарына спортшылар ҳәм олардың тренерлери де өзлериниң үлесин қоспақта.

Нөкис Олимпия ҳәм параолимпия спорт түрлерине таярлаў орайында “Спортшылар бағы” жаратылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Алланазаров шығып сөйлеп, өткерилип атырған бул акцияның әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм ҳәммени белсене қатнасыўға шақырды.

-Бизлер оқыған жыллары оқыў орнының әтирапында бундай тереклер жоқ еди,-дейди Қытайдың Ханчжоу қаласында болып өткен ХIХ жазғы Азия ойынларының алтын медаль ийеси  Жалғасбай Бердимуратов.-Жаңадан жаратылып атырған “Спортшылар бағы” жасларымызды жаңадан-жаңа шеклерге қарай талпындырады.

Усы күни акция қатнасыўшылары тәрепинен жақсы нийетлер менен түрли терек нәллери отырғызылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги