Россия премьер-лигасының 13-турында «Краснодар»ди қабыл еткен ЦСКА 1:0 есабында жеңди.

Ушырасыўдың 41-минутында Файзуллаевтың пасынан кейин Чалов қарсылас команданың дәрўазасына гол урды. Бул «Краснодар» ушын мәўсимдеги дәслепки жеңилис болды.

Усы ойын алдынан Файзуллаев ЦСКАның өткен айдағы ең жақсы футболшысы сыйлығын қабыл етип алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги