Россияның бир қатар аймақларында Telegram қосымшаларын серверге жалғаў имканияты болмай атыр. Мәселен, Ставропол, Кавказ, Ростов ўәлаяты ҳәм Краснодар үлкесинде мәлим жағдайлар бар.
Айырым ўақытларда VPN жәрдем береди, гейде ислемейди.
Ҳәзирги ўақытта қосымша жеке компютерде дурыс ислеп атырған, бирақ еки қурылма да бир тармақта болса-да, Androidқа байланыса алмайтуғын кеминде бир жағдай бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги