Өзбекстан Республикасы суды дүзилгениниң 100 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы суды, қалалық, районлық, районлар аралық судлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьялары ҳәм суд хызметкерлериниң қатнасыўында стол тенниси бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

Қызықлы ҳәм кескин беллесиўлерге бай болып өткен жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық судлаў коллегиясының судьясы У.Сабиров биринши, жынаят ислери бойынша Хожели районы судының архивариусы К.Жумамуратов екинши, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының кеңсе меңгериўшиси  М.Хожамбергенов үшинши орынларды ийеледи.



Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы судларының кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

                          Қарақалпақстан хабар агентлиги