Франция пайтахты Париж қаласында 2022-23-жылғы футбол мәўсиминде ең жақсы ойын көрсеткен дүньяның ең күшли футболшысын анықлаўшы «Алтын топ»  сыйлығын тапсырыў салтанаты болып өтти.

«Франц футбол»  журналы тәрепинен өткерилген сораўнамаларға даўыс бериў жуўмағында,  Аргентина сайланды командасының сәрдары Лионель Месси өзиниң футболшылық кареьерасы даўамында 8-мәрте бул сыйлықты жеңип алыўға миясар болды.

«Алтын топ»ты қолға киргизген Месси сыйлықлаўдан соң өзиниң тәсирлери ҳаққында кең жәмийетшиликке мынадай пикирлерди айтты.

«Бул жерде және болыў ҳәм усы мәўритлерден заўықланыў оғада жағымлы. Жәҳән чемпионатында жеңип шығып, әрманымды әмелге асырыў имканиятына ийе екенлигимнен қуўанышлыман. Мен бундай әжайып кареьераға ийе болыўым ҳәм көплеген сыйлықларды қолға киргизиўди көз алдыма келтире алмас едим.  Мен тарийхтағы ең жақсы команданың бир бөлеги болыў бахтына миясар болғанымнан оғада қуўанышлыман. Сайланды командадағы қыйын дәўирлерден соң Америка Кубоги ҳәм жәҳән чемпионатында жеңиске ерискениме бахытлыман»-деп атап өтти.

Сондай-ақ, усы күни басқа номинациялар бойынша да ең күшли футболшылар анықланды. Атап айтқанда «Реал»  футболшысы  Жуд Беллингхем ең күшли жас футболшыға берилетуғын  «Копа Трофи», мадридлилер Винисиус Жуниор  Сократес атындағы сыйлық, Аргентина  сайланды командасы ҳәм «Астон Вилла» дәрўазаманы Эмилиано Мартинес ең жақсы дәрўазаманға берилетуғын Лев Яшин,  норвегиялы ҳүжимши Эрлинг Ҳоланд ең жақсы ҳүжимшиге берилетуғын Герд Мюллер сыйлықларын жеңип алыўға миясар болды.


«Барселона» ҳаял-қызлар клубы футболшысы Айтана Бонмати де ҳаял-қызлар арасында «Алтын топ»ға ылайық деп табылды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, ерлер арасында ең көп «Алтын топ»ты Месси қолға киргизген болса, португалиялы Криштиану Роналду  5 сыйлық пенен екинши орын, нидерландиялы Йохан Круйф 3 сыйлық пенен үшинши орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы