France Football бас редакторы Венсан Гарсияның айтыўынша, «Алтын топ» талабанлары дизими ушын жуўапкер комитет португалиялы Криштиану Роналдудың талабанлығын көрип те шықпаған. Бул ҳаққында ол TZ басылымына мәлим етти.

«Роналдуның жоқ екенлиги комитетте улыўма талқыланбаған. Ол жәҳән чемпионатында жақсы ойнамады ҳәм ең белгили лигада ойнамайды.

Соған қарамастан, Криштиану әжайып ойыншы болып қалмақта», – деди Гарсия.

Роналду Қатарда болып өткен жәҳән чемпионатында Португалия командасы қурамында бес ойын өткерип, бир голды пеналтиден урды. Лионел Месси Aргентина қурамында жәҳән чемпионына айланды, жети гол урды ҳәм турнирдиң ең жақсы футболшысы деп табылды.

Ең жақсы футболшыны сыйлықлаў мәресими 2023-жылдың 30-октябринде болып өтеди.

Goal порталының хабар бериўинше, сыйлық ушын гүресетуғын ең күшли үш талабан Лионел Месси («Интер Майами»), Эрлинг Холланд («Манчестер Сити») ҳәм Килиан Мбаппе («Пари Сен-Жермен»). Бирақ аргентиналы фтуболшы тийкарғы фаворит деп аталады.

Өткен жылы франциялы ҳүжимши Карим Бензема «Алтын топ»ты қолға киргизген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги